Экосос
Экономикалық ҳәм социаллық кеңес
Экономикалық ҳәм социаллық Кеңес — Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң ҳәм БМШ системасына киретуғын шөлкемлердиң экономикалық ҳәм социаллық жумысларын муўапықластырыў ушын жуўапкер болған бас органы. ЭКОСОС турақлы раўажланыўдың үш тәрепин — экономикалық, социаллық ҳәм экологиялық тәреплерин алға қойыў бойынша БМШ системасының жумысында орайлық орынды ислейди

Мақсетлери:
-
Глобаллық экономикалық, социаллық ҳәм экологиялық мәселелерди додалаў ушын бас форум болып хызмет етеди;
-
Турақлы раўажланыў мәселелери менен шуғылланыўшы БМШ системасының түрли структуралары арасында байланысты тәмийинлейди;
-
Ҳәмме ушын инсан ҳуқықларын ҳәм тийкарғы еркинликлерин ҳүрмет етиў ҳәм әмелге асырыўды хошаметлеў мақсетинде усыныслар киргизеди;
-
Халықаралық социаллық-экономикалық машқалаларды ҳәм адамлардың саламатлығын қорғаў мәселелерин шешиўде жәрдем береди ҳәм мәденият ҳәм билимлендириў тараўларында халықаралық бирге ислесиўге көмеклеседи;
-
БМШның ири конференциялары ҳәм жоқары дәрежедеги мәжилислериниң жуўмақлары бойынша кейинги ислерди әмелге асырады.
Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы (CISC), Экономикалық ҳәм социаллық Кеңестиң (ЭКОСОС) жанында арнаўлы мәсләҳәт статусқа ийе шөлкем — 2016-жыл апрель айынан баслап
