top of page

Биз ҳаққымызда

Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы (ПБҚҚО), Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 2004-жыл 25-августта жәмийетлик бирлеспе формасында дизимге алынған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем (МЕКЕМ).

2014-жыл 30-декабрьдеги 589-санлы дизимнен өтиў гүўалығы. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик қайта дизимнен өткен.

01_edited.jpg
ecosoc.webp

ECOSOS

Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы (ПБҚҚО), 2016-жыл апрель айынан баслап Экономикалық ҳәм Социаллық Кеңестиң (ЭКОСОС) арнаўлы мәсләҳәт статуслы шөлкеми.

ПБҚҚОның он еки аймақлық бөлими бар

Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Ферғана, Хорезм, Жиззақ, Сурхандәрья, Қашқадәрья, Самарқанд, Сырдәрья, Наманган ҳәм Ташкент ўәлаятларында ҳәм Ташкент қаласында

ПБҚҚОның тийкарғы жумысы

Шөлкемниң тийкарғы бағдарлары бойынша тренинглер, семинарлар, "дөгерек столлар", мәсләҳәтлер шөлкемлестириў ҳәм өткериў, КЛДЖны енгизиў, есабат бериў ҳәм мониторинг алып барыў бойынша миллий экспертлерди таярлаў, гендер мәселелери бойынша миллий экспертлерди таярлаў, Өзбекстан Республикасының әмелдеги нызамшылығына гендерлик талқылаў жүргизиў

2005, 2007, 2010, 2012-жыллары басылып шыққан "Өзбекстан ҳаял-қызлары ҳәм ер адамлары" атамасындағы статистикалық гендерлик көрсеткишлер топламларын таярлаў ҳәм басып шығарыў.

Миллий ҳәм халықаралық шериклер менен биргеликте 2005-жылы әмелдеги нызамшылықтың гендерлик экспертизасы таярланып басып шығарылды: Өзбекстан Республикасының Мийнет ҳәм Шаңарақ кодекслериниң гендерлик экспертизасы, бизнес-мәсләҳәтшиниң бийпул хызметлерин көрсетиў

«Өзбекстанда ҳаял-қызлар ҳуқықлары мәдениятын беккемлеў», Ташкент, Қоқан, Наўайы қалаларында социаллық шеклениўди азайтыў ҳәм зәйип ҳаял-қызлардың имканиятларын кеңейтиў бойынша интеграцияланған проект. Проект Европа Аўқамы тәрепинен ТАСИС/IBPP Институтционаллық Шериклик Қурыў Бағдарламасы шеңберинде қаржыландырылған, 2009–2011-жыллар

2009-жылдан 2014-жылға шекем Европа Аўқамы, Комиссиясы тәрепинен TACIC/IBPP бағдарламасы шеңберинде қаржыландырылған үш проектке қатнасыў, МЕМлердиң жоқары сапалы кәсиплик юридикалық ҳәм психологиялық жәрдем, бизнес-мәсләҳәтши хызметлери менен тәмийинлеў бойынша потенциалын арттырыўға көмеклесиў ҳәм зәйип ҳаял-қызлардың экономикалық ҳуқықларын кеңейтиў

«Өзбекстанда ўақытша арнаўлы илажларды (ЎАИ) ислеп шығыў ҳәм енгизиў бойынша усынысларды» таярлаў, Орайлық Азиядағы (Қазақстан) «БМШ Ҳаял-қызлары» көп тәреплеме бөлиминиң қоллап-қуўатлаўы менен ҳәм миллий ҳәм халықаралық шериклер менен биргеликте Өзбекстанның миллий нызамшылығына CEDAWның 4-статьясын әмелге асырыў, 2014-2016-жыллар

Жәмийетлик ҳәм сиясий турмыстың барлық тараўларында гендер теңлигине көмеклесиў бойынша халықаралық, регионаллық ҳәм глобаллық мәжилислерге қатнасыў (Пекин+5, +10, +20 ға бағышланған регионаллық ҳәм глобаллық мәжилислерге, БМШның Ҳаял-қызлардың жағдайы бойынша комиссиясына қатнасыў, 2013-ж., 2017, 2018, БМШның Социаллық ҳәм экономикалық раўажланыў департаменти, 2017, 2018)

Бизиң командамыз

Ҳәзирги ўақытта биздиң Қарақалпақстандағы шөлкемимизде штат режиминде 6 қәниге жумыс ислемекте

bottom of page