
Қарақалпақстанның аўыллық жерлериндеги ҳаял-қызлар ушын социаллық хызметлер бюросы
Client:
Общественный фонд при Олий Мажлисе Республики Узбекистан
Year:
2015
Жойбар ҳаққында мағлыўмат
Жойбар доноры: Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Жәмийетлик фонд
Жойбардың атамасы: «Қарақалпақстанның аўыллық жерлериндеги ҳаял-қызлар ушын социаллық хызметлер бюросы»
Жойбарды әмелге асырыў мүддети: 2014-жыл сентябрь – 2015-жыл апрель
Жойбарды әмелге асырыў орны: Нөкис қаласы, Нөкис, Хожели ҳәм Кегейли районлары
Ажратылған қаржылар: 14 000 000 сум
"Нурлы макан" мектеп-интернаты ушын әмелге асырылған баслама
Нөкис қаласындағы 10-санлы "Нурлы макан" Республикалық қәнигелестирилген мектеп-интернаты ушын 4 дана арнаўлы Брайль дисплейи сатып алынып, балансқа өткерилди (200 000 000 сум муғдарында);
Жойбар шеңберинде 10-санлы "Нурлы макан" мектеп-интернатының 12 муғаллими 2 ай даўамында қәнигелестирилген тренерлерден оқыў курсларын өтти;
Нәтийжеде 5-11-класс оқыўшыларының барлығы усы арнаўлы Брайль дисплейлерин еркин пайдаланыў имканиятына ийе болды;
Жойбар жуўмағында мектеп оқыўшылары арасында "Брайль дисплейин ким жақсы өзлестирди?" атамасында таңлаў өткерилип, жеңимпазлар анықланды ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды
