top of page

Халық арасында саламат турмыс тәрезин үгит-нәсиятлаў, "Денсаўлық мектеби"н шөлкемлестириў

Client:

Общественный фонд при Олий Мажлисе Республики Узбекистан

Year:

2022

Жойбар ҳаққында мағлыўмат

Жойбар доноры: Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Жәмийетлик фонд
Жойбардың атамасы: "Халық арасында саламат турмыс тәрезин үгит-нәсиятлаў, "Денсаўлық мектеби"н шөлкемлестириў" атамасындағы Мәмлекетлик социаллық буйыртпа
Жойбарды әмелге асырыў мүддети: 2021-жыл октябрь – 2022-жыл октябрь
Жойбарды әмелге асырыў орны: Хожели районы
Ажратылған қаржылар: 150 000 000 сум

Жойбардың әмелге асырылыўы

Районның 26 мәҳәллесинен таярланған, пенсия жасындағы муғаллимлер, шыпакерлер, патронаж мийирбийкелери ҳәм зиялы ўәкиллерден ибарат 156 ықтыяршы ушын саламат турмыс тәрезин турақлы түрде үгит-нәсиятлаў имканияты жаратылды.

Хожели қаласы медициналық бирлеспесинде "Денсаўлық мектеби"н шөлкемлестириў ушын улыўма баҳасы 58 093 500 сумлық спорт инвентарлары, оқыў кабинетлери ушын мебель ҳәм асхана үскенелери сатып алынып, балансқа өткерилди.

"Денсаўлық мектеби" ушын төмендеги темаларда төрт түрдеги оқыў-усыныс қолланбалары ҳәм буклетлер ислеп шығылып, тарқатылды:

Медициналық-гигиеналық билимлер тийкарлары ҳәм саламат турмыс тәризи.

Дурыс аўқатланыў тийкарлары.

Физикалық белсендилик ҳәм күнделикли физикалық мәденият.

Зыянлы әдетлер ҳәм олардан қутылыў жоллары.

bottom of page