
"Орайлық Азиядағы миграция жағдайында ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм имканиятларын кеңейтиўге айрықша итибар қаратқан ҳалда, қорғансыз мигрантларды қорғаў"
Client:
IOM Uzbekistan/ Министерство внешних дел Норвегии
Year:
2025
Жойбар ҳаққында мағлыўмат
Жойбар доноры: IOM Өзбекстан / Норвегия Сыртқы ислер министрлиги
Жойбардың атамасы: "Өмирде үмитиңди ҳеш қашан жоғалтпа"
Әмелге асырыў мүддети: 9 ай
Жойбарды әмелге асырыў орны: Нөкис қаласы, Беруний ҳәм Қоңырат районлары
Ажратылған қаржылар: 150 000 000 сум
Жәрдем формасы: Жәрдем үш түрде әмелге асырылды:
Нөкис қаласындағы МОНО орайында ҳәр қыйлы бағдарлар бойынша кәсиплик оқытыў;
Оқыўды тамамлаған 15 ҳаял-қызға стипендиялар төленди.
Зәрүрли әсбап-үскенелер, сондай-ақ товарлар ҳәм шийки затлар менен тәмийинленди.
Жойбар қатнасыўшылары 5 бағдар бойынша оқытылды:
Ҳаял-қызлар шаш устасы (стилист);
Балалар тәрбияшысы ҳәм тәрбияшы жәрдемшиси;
Улыўма массаж;
Тигиўши;
Нейл стилист.
2-бөлим: 8 тийкарғы сораў
1. Улыўма нәтийжелилик
15 ҳаял-қыз қатнасыўшының ҳәммеси МОНО орайында оқыўды табыслы жуўмақлады. Буннан тысқары, Халықаралық миграция шөлкеми (IOM) қатнасыўшылардың кәсиплик көнликпелерин ҳәм ҳуқықый саўатлылығын арттырыўға қаратылған еки күнлик семинар шөлкемлестирди. Семинар олардың социаллық-экономикалық ҳуқық ҳәм имканиятларын беккемлеўге жәрдем берди, бул Қарақалпақстан Республикасында миграция жағдайында қорғансыз мигрантларды қорғаў ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм имканиятларын кеңейтиў жойбарын әмелге асырыўда әҳмийетли қәдем болды.
"Орайлық Азиядағы миграция жағдайында ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм имканиятларын кеңейтиўге айрықша итибар қаратқан ҳалда, қорғансыз мигрантларды қорғаў" жойбары Қаңлықөл районы ҳәм Нөкис қаласында, Пуқаралық басламаларын қоллап-қуўатлаў орайының Қарақалпақстан бөлими (ПБҚО ҚБ) тәрепинен әмелге асырылды. Орайдың жумысы нызамлы ҳәм социаллық қорғаўды тәмийинлеў, қоллап-қуўатлаў, психологиялық жағдайды беккемлеў, сондай-ақ халықты қорғаў тараўында ҳәр қыйлы хызметлер менен өз-ара ҳәрекет етиў арқалы ҳаял-қызлар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының ҳуқықларын әмелге асырыўға, қорғаўға ҳәм жәрдем бериўге қаратылған. Орай қыйын турмыслық жағдайда қалған ҳаял-қызларға ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына психологиялық ҳәм юридикалық қоллап-қуўатлаў көрсетеди. Ол жумыссыз ҳаял-қызлардың кәсип алыўына жәрдем береди, аз тәмийинленген шаңарақлардан қызларды, сондай-ақ майыплығы бар ҳаял-қызларды кәсиплерге үйретиў арқалы шаңарақлық турмысқа таярлайды. Орай сондай-ақ жумыссыз ҳаял-қызларды жумысқа жайластырыўға жәрдем береди, жәмийетте ҳаял-қызлардың белсендилигин ҳәм ролин арттырады ҳәм киши бизнеслерин раўажландырыў ушын кредит алыўға жәрдем береди.
Миграция жағдайында ҳаял-қызлардың машқалаларын үйрениў барысында, үйлерине қайтқан ҳаял-қыз мигрантлар көбинесе қыйын турмыслық жағдайларға дус келиўи анықланды. Арнаўлы билим ҳәм кәсиплик көнликпелердиң болмаўы олардың жумысқа жайласыўына тосқынлық етеди. Ҳаял-қыз мигрантларды жумысқа жайластырыў мәселеси бүгинги күнде ҳеш қашан болмағандай кескин түрде тур. Пуқаралық басламаларын қоллап-қуўатлаў орайының Қарақалпақстан бөлими (ПБҚО ҚБ) миграция жағдайында ҳаял-қызларға жәрдем көрсетиўге қаратылған жойбарға қатнасыў ушын арза таярлады. Ҳаял-қыз мигрантлар ҳәм мигрантлардың ҳаяллары шаңарақлық машқалалар, турмыслық қаражатлардың жетиспеўшилиги, денсаўлығының нашарласыўы ҳәм басқа қыйыншылықларға дус келеди. Көбинесе басқа мәмлекетлерге жумысқа кеткен ерлер шаңарақларын қаржылай тәмийинлемейди ҳәм балаларына ғамхорлық қылмайды. Кәсиплик көнликпелери жоқ ҳаял-қызлар шаңарағын бағыў ушын ўақтынша жумыс излеўге мәжбүр болады.
Бул жойбардың мақсети — миграция жағдайындағы 15 ҳаял-қызды кәсиплик көнликпелерге үйретиў, оларға жумысқа жайласыў ҳәм үйде өз киши бизнеслерин шөлкемлестириў ушын имканиятлар бериўден ибарат.
Жойбарды әмелге асырыў ҳәм қойылған мақсетлерге ерисиў ушын Қарақалпақстан Республикасының Қаңлықөл районы ҳәм Нөкис қаласы таңлап алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў комитетиниң мағлыўматларына қарағанда, 2024-жыл май айы жағдайына көре, сырт елге узақ мүддетке жумысқа кеткен ҳаял-қызлардың саны 55 233 адамды қурайды, олардан Нөкис қаласынан 11 728, Хожели районынан 5 677 ҳәм Қаңлықөл районынан 87 адам. Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў комитети тәрепинен миграция жағдайындағы, кәсиплик көнликпелери болмаған, бирақ кәсип үйрениўди ҳәм келешекте өз шаңарақларына қаржылай жәрдем бериўди қәлеген 15 ҳаял-қыз таңлап алынды.
2024-жыл 10-декабрь күни жумыс ушырасыўы өткерилди, онда жойбарға қатнасыў ушын мирәт етилген хызметкерлер оның мақсети ҳәм ўазыйпалары менен танысты. Жумысқа қабыл етилген персонал ушын кадрлық ҳүжжетлер рәсмийлестирилди.
Макканбел белсендилери мақсетли топарды таңлаўға тартылды. Миграция жағдайындағы, кәсиплик көнликпелери болмаған, бирақ үйрениўди ҳәм келешекте өз шаңарақларына қаржылай жәрдем бериўди қәлеген 15 ҳаял-қыз таңлап алынды.
Декабрь айында Қаңлықөл районы ҳәм Нөкис қаласының ҳаял-қызлар комитетлери, бәнтлик фонды, жаслар агентлиги, маканбел пуқаралар жыйынлары сыяқлы шериклер менен ушырасыў шөлкемлестирилди, онда жойбардың мақсети ҳәм ўазыйпалары түсиндирилди.
Жойбарды әмелге асырыў барысында кәсиплик көнликпелерге ийе болыўды қәлеген ҳаял-қыз мигрантлар менен сөйлесиўлер өткерилди. Сөйлесиўлер ўақтында қәўип-қәтерлерди азайтыў мақсетинде исенимли байланыс орнатылды, сөйлесиўдиң қупиялылығы ҳаққында ескертилди ҳәм бенефициарларға өз машқалалары ҳаққында еркин айтып бериўге имканият берилди. МОНО орайына экскурсия ўақтында таңлап алынған бенефициарларға оқыў ушын кәсипти өзлери таңлаў усыныс етилди. Олар тигиўши, балалар тәрбияшысы, массажшы, нейл-стилист, шаш устасы, кулинария ҳәм компьютер курслары бағдарларын таңлады, бул олардың турмыс сапасын жақсылаўға, жумысқа жайласыў имканиятын алыўға, исбилерменлик искерлигин шөлкемлестириўге ҳәм өз бизнеси менен шуғылланыўға жәрдем береди.
Жоқарыда аталған ўазыйпаларға ерисиў ушын, жаман ҳаўа райы, транспорттың жоқлығы ҳәм басқа жағдайлар сыяқлы қәўип-қәтерлерди азайтыў мақсетинде, жойбарда жәрдем берген МОНО орайы менен меморандум имзаланды, оқыў бағдарламасы, соның ишинде қатнасыўшылардың жатақханада жайласыўы, сабақларды өткериў кестеси, қатнасыў журналы ислеп шығылды.
Мақсетли топарды таңлаўдан алдын мақсетли топардың потенциал ағзалары ушын МОНО орайына экскурсия өткерилди. Мақсетли топарды таңлаўда ҳаял-қызлардың шаңарақлық жағдайына, олардың ҳәр қыйлы кәсиплерге ийе болыў қәлеўине, кейиннен жумысқа жайласыўына ҳәм өз бизнесин раўажландырыўына итибар қаратылды. Буннан тысқары, аз тәмийинленген шаңарақлардан, майып балалары бар ҳаял-қызларға, сондай-ақ жеке дәраматы жоқ ҳаял-қызларға, шаңарақлары менен байланыста болмаған ҳәм оларға пул жөнелтирмейтуғын мигрантлардың ҳаялларына артықмашылық берилди.
Мақсетли топардың ағзалары бир-биринен узақ аралықта жайласқан ҳәр қыйлы маҳаллелерде жасайды. Жоқарыда аталған кәсиплик курсларға үйретиў ушын Нөкис қаласындағы МОНО орайы таңлап алынды, сондай-ақ МОНО орайының барлық шараятлары бар жатақхана мақсетли топар ушын ажыратылды. Соны менен бирге қатнасыўшыларға шаңарақлық қаржылық жағдайын қоллап-қуўатлаў ушын стипендия түринде материаллық жәрдем көрсетилди.
Аз тәмийинленген шаңарақлардан, майып балалары бар ҳаял-қызларға, сондай-ақ жеке дәраматы жоқ ҳаял-қызларға, шаңарақлары менен байланыста болмаған ҳәм оларға пул жөнелтирмейтуғын мигрантлардың ҳаялларына айрықша итибар қаратылды. Мақсетли топардың ағзалары бир-биринен узақ аралықта жайласқан ҳәр қыйлы маҳаллелерде жасайды. Жоқарыда аталған кәсиплик курсларға үйретиў ушын Нөкис қаласындағы МОНО орайы таңлап алынды, сондай-ақ МОНО орайының барлық шараятлары бар жатақхана мақсетли топар ушын ажыратылды. Қойылған ўазыйпаларға ерисиў ушын мәмлекетлик бағдарламалар бойынша оқытыў шөлкемлестирилди. Қатнасыўшылар ушын телеграмм каналы шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, қатнасыўшылардың өзлери менен де айрықша келисим имзаланды.
2024-жыл 14-декабрь күни шериклер ушын дөгерек үстел шөлкемлестирилди, онда қатнасыўшыларға жойбар презентациясы көрсетилди. Шериклер жойбардың мақсети ҳәм ўазыйпалары менен танысты. Мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм басқа шериклер менен биргеликте қоспа жумыс режеси ислеп шығылды ҳәм мақсетли топарды келешекте жумысқа жайластырыў мәселелери додаланды.
6-7-февраль күнлери Халықаралық миграция шөлкеми хызметкерлери оқып атырған ҳаял-қызлар ушын "Орайлық Азиядағы миграция жағдайында ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм имканиятларын кеңейтиўге айрықша итибар қаратқан ҳалда, қорғансыз мигрантларды қорғаў" жойбары шеңберинде өз-өзин раўажландырыўдың қолайлы қураллары ҳәм Өзбекстанда социаллық-экономикалық ҳуқықларды, соның ишинде мийнет ҳуқықларын әмелге асырыўға проактив қарасты ҳәм қалыптастырыў бойынша еки күнлик семинар-тренинг өткерди.
Тийкарғы жетискенликлер:
15 ҳаял-қыз оқыўды табыслы жуўмақлады, олардың 9-ы өз-өзин бәнт етти ҳәм тастыйықлаўшы сертификатлар алды.
9-апрель күни Қаңлықөл районы ҳәкимлигинде қатнасыўшылар менен исбилерменлик ушырасыўы өткерилип, онда IOM сертификатлары тапсырылды.
ПБҚО тәрепинен жойбар бюджетинен барлық қатнасыўшылар ушын кейинги жумыслары ушын зәрүрли әсбап-үскенелер сатып алынды ҳәм тапсырылды.
18-апрель күни дөгерек үстел шөлкемлестирилди, онда жойбарға қатнасқаны ушын ПБҚО сертификатлары тапсырылды.
Дөгерек үстел барысында қатнасыўшылардың қыйыншылықларына байланыслы мәселелер додаланды ҳәм Ҳәкимниң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасарына кейинги жумысқа жайластырыў бойынша тапсырма берилди.
Шөлкемниң веб-сайты ислеп шығылды, оның жойбардың соңғы басқышына қарай толық иске қосылыўы күтилмекте.
18-июнь күни жойбар қатнасыўшыларына IOM тәрепинен қосымша зәрүрли әсбап-үскенелер тапсырылды.
Қалған қатнасыўшылар да жақын келешекте өз-өзин бәнт етиўи күтилмекте.
Жойбар барысында қатнасыўшылардың МОНО орайында оқыў нәтийжесинде алған жаңа көнликпелери жәрдеминде материаллық жағдайын жақсылағаны байқалды.
Жойбар жуўмақланғаннан соң қатнасыўшылардың материаллық жағдайын жақсылаў бойынша мониторинг даўам еттириледи.
2. Өзгерислер ҳәм қосымшалар
Жойбарды 2024-жыл ноябрь айында баслаў режелестирилген еди, бирақ жойбардың ҳақыйқый жумысы 2024-жыл 3-декабрь күни басланды.
Бул ўақытта МОНО орайында бенефициарларды қызықтырған қәнигеликлер қысқартылды, бул кәсиплерге үйретиў ушын қайта қабыл етиўге ҳәм ПБҚО ҚБ хызметкерлерине қосымша жүк түсиўине алып келди.
Қаңлықөл районында жумыссыз ҳаял-қызлар көп, бул бенефициарларды қамтып алыўды көбейтиў зәрүрлигин көрсетеди, бирақ қысқа мүддетте МОНОда көнликпе алыўды қәлегенлерди қабыл етип үлгермедик, Нөкис қаласынан қатнасыўшылар менен толықтырыўға мәжбүр болдық.
3. Нәтийжелерди өлшеў
Жойбар барысында қатнасыўшылардың оқыўдан алған жаңа көнликпелери жәрдеминде материаллық жағдайын жақсылағаны байқалды.









