
"Омирден умитингди узбе!"
Client:
Общественный фонд при Олий Мажлисе Республики Узбекистан
Year:
2024
Жойбар ҳаққында мағлыўмат**
**Жойбар доноры:** Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Жәмийетлик фонд
**Жойбардың атамасы:** "Өмирде үмитиңди жоғалтпа" (Ҳаётдан асло умидингни узма!)
**Әмелге асырыў мүддети:** **9** ай
**Жойбарды әмелге асырыў орны:** Нөкис қаласы, Беруний ҳәм Қоңырат районлары
**Ажратылған қаржылар:** **150 000 000** сум
---
### **Жойбардың әмелге асырылыўы**
**2-ноябрь** күни Нөкис қаласы "Дослық үйи"ниң конференц-залында Пуқаралық басламаларын қоллап-қуўатлаў орайының Қарақалпақстан регионаллық бөлими **"Өмирде үмитиңди жоғалтпа!"** жойбары шеңберинде дөгерек үстел өткерди. Бул жойбар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы МҚҲ ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен "Жанжаллы жағдайлардың, үйдеги зорлық ҳәм суицидал минез-қулқының ерте алдын алыўда мәмлекетлик уйымлар менен өз-ара ҳәрекетти қәлиплестириў" бағдары бойынша ажыратылған Мәмлекетлик грант тийкарында әмелге асырылды.
Дөгерек үстел барысында суицидтиң заманагөй дәўирдиң глобал машқалаларынан бири екенлиги атап өтилди. Суицидлердиң алдын алыў, мәлимлеме-үгит-нәсият жумысларын алып барыў, халықта руўхый саламатлық тараўында билим ҳәм көнликпелерди қәлиплестириў зәрүрлиги, сондай-ақ бул машқаланы шешиўде барлық МҚҲ ҳәм мәмлекетлик уйымлардың биргеликте ислесиўиниң әҳмийетлилиги додаланды.
Жойбарды әмелге асырыў барысында бирге ислесиўши шөлкемлер менен шериклик қатнасықларын орнатыў мақсетинде:
* **24-апрель** күни Нөкис қаласы Дослық үйиниң конференц-залында **"Шаңарақлық зорлық бақлаў қураллары айнасында"** атамасында дөгерек үстел өткерилди.
* **1-2-май** күнлери Нөкис қаласы "Массагет" мийманханасының конференц-залында "Ҳаял-қызларға қарсы зорлықты ҒХҚда қалай жарытыў керек?" атамасында **2** күнлик тренинг шөлкемлестирилди ҳәм өтти. Бул тренинг ҒХҚның, әсиресе телевидениениң, ҳаял-қызларға деген унамсыз көз-қарасларды ҳәм гендерлик стереотиплерди сапластырыўдағы ролин үйрениў, сондай-ақ журналистлер ҳәм блогерлерди гендерлик-сезимтал материалларды жаратыўға үйретиў мақсетинде шөлкемлестирилди.




